Юхан 21:15-17
Юхан 21:15-17 KRKNT
Азанғы аўқатты жеп болғаннан соң, Ийса Симон Петрден: – Юнус улы Симон, Мени олардан да көбирек сүйесең бе? – деп сорады. – Аўа, Ийем. Сени жақсы көретуғынымды билесең-ғо, – деди Оған Петр. Ийса оған: – Қозыларымды отлат, – деди. Ийса екинши мәрте оннан: – Юнус улы Симон, Мени сүйесең бе? – деп сорады. Петр Оған: – Аўа, Ийем. Сени жақсы көретуғынымды билесең-ғо, – деди. Ийса оған: – Қойларымды бақ, – деди. Үшинши мәрте Ийса оннан: – Юнус улы Симон, Мени жақсы көресең бе? – деп сорады. Петр Оның өзинен үш мәрте: «Мени жақсы көресең бе?» – деп сорағанына қапа болды. – Ийем, Сен ҳәммесин билесең, Сени сүйетуғынымды да билесең, – деди Петр. Ийса оған былай деди: – Қозыларымды отлат.