1
Юхан 4:24
Мухаддес Китап
Қудай – Руўх, Оған сыйынатуғынлар да руўх ҳәм ҳақыйқатлық пенен сыйыныўы тийис.
Compare
Explore Юхан 4:24
2
Юхан 4:23
Бирақ, ҳақыйқый сыйыныўшылардың Қудай Әкеге руўх ҳәм ҳақыйқатлық пенен сыйынатуғын ўақты келеди. Әне, сол ўақыт ҳәзир келди. Қудай Әке де Өзине усылай сыйынатуғынларды излеп атыр.
Explore Юхан 4:23
3
Юхан 4:14
Бирақ Мен беретуғын суўдан ишкен ҳәр бир адам мәңгиге шөллемейди. Керисинше, Мен беретуғын суў оның ишинде мәңгилик өмир беретуғын тири булаққа айланады.
Explore Юхан 4:14
4
Юхан 4:10
Ийса ҳаялға: – Егер сен Қудайдың сыйын ҳәм «Маған ишиўге суў бер», – деп айтып турғанның ким екенин билгениңде, сениң өзиң Оннан сорар едиң, Ол саған тири суў берер еди, – деп жуўап берди.
Explore Юхан 4:10
5
Юхан 4:34
Бирақ Ийса оларға былай деди: – Мениң аўқатым – Мени Жибергенниң еркин орынлаў ҳәм Оның исин тамамлаў.
Explore Юхан 4:34
6
Юхан 4:11
– Мырза! Сенде суў алатуғын ҳеш нәрсе жоқ-ғо, қудық болса терең. Сен тири суўды қаяқтан аласаң?
Explore Юхан 4:11
7
Юхан 4:25-26
Ҳаял Ийсаға: – Масийхтың келетуғынын билемен. Ол келгенде, бизлерге ҳәммесин билдиреди, – деди. Масийх «майланған» дегенди билдиреди. Ийса оған: – Сениң менен сөйлесип турған Мен – Солман, – деди.
Explore Юхан 4:25-26
8
Юхан 4:29
– Келиңлер, маған ислеген ислеримниң ҳәммесин айтып берген Адамды көриңлер. Ол Масийх емес пе екен? – деди.
Explore Юхан 4:29
Home
Bible
Plans
Videos