1
Яқып 3:17
Мухаддес Китап
Бирақ жоқарыдан түскен даналық бириншиден пәк, соңынан татыў, мүләйим, бойсыныўшы, мийрим-шәпәәтке ҳәм жақсы жемислерге толы. Ол әдалатсыз ҳәм еки жүзли емес.
Compare
Explore Яқып 3:17
2
Яқып 3:13
Араңызда дана ҳәм түсимпаз адам ким? Бундай адам өз даналығын жақсы жүрис-турысы арқалы көрсетип, кишипейиллик пенен жақсы ислер ислеўи тийис.
Explore Яқып 3:13
3
Яқып 3:18
Тынышлық пенен туқым сеўип, тынышлық орнатыўшылар ҳақлық жемисин жыйнап алады.
Explore Яқып 3:18
4
Яқып 3:16
Өйткени қай жерде күншиллик ҳәм менменлик бар болса, сол жерде тәртипсизлик ҳәм ҳәр түрли жаманлық болады.
Explore Яқып 3:16
5
Яқып 3:9-10
Тилимиз бенен Жаратқан Ийени ҳәм Әкени алғыслаймыз. Сол тилимиз бенен Қудайға уқсатып жаратылған адамларды ғарғаймыз да. Бир аўыздан ҳәм мақтаў, ҳәм ғарғыс шығады. Туўысқанларым, бундай болмаўы керек.
Explore Яқып 3:9-10
6
Яқып 3:6
Тил – бул от, денемиздиң мүшелери арасында бир жаманлық дүньясы. Ол пүткил денемизди ипласлайды ҳәм өмиримизди жандырады. Оның өзи де дозақ отында жанады.
Explore Яқып 3:6
7
Яқып 3:8
Бирақ тилди ҳеш бир адам бойсындыра алмайды. Ол тоқтатып болмайтуғын жаманлық болып, өлтириўши зәҳәрге толы.
Explore Яқып 3:8
8
Яқып 3:1
Туўысқанларым, көплериңиз муғаллим бола бермеңлер. Себеби бизлердиң, муғаллимлердиң қатаң ҳүким қылынатуғынымызды билесизлер.
Explore Яқып 3:1
Home
Bible
Plans
Videos