1
Яқып 1:2-3
Мухаддес Китап
Туўысқанларым, түрли сынаўларға ушырағаныңызда оны үлкен қуўаныш пенен қабыл етиңлер. Себеби исенимиңиздиң сыналыўынан сабырлылық пайда болатуғынын билесизлер.
Compare
Explore Яқып 1:2-3
2
Яқып 1:5
Егер араңыздағы бириңиздиң даналығы кем болса, ҳәммеге сақыйлық пенен, айыпламай беретуғын Қудайдан сорасын. Қудай оған береди.
Explore Яқып 1:5
3
Яқып 1:19
Сүйикли туўысқанларым, мынаны есте сақлаңлар: ҳәр бир адам еситиўде шаққан, сөйлеўде ақырын, ғәзеплениўде де ақырын болсын.
Explore Яқып 1:19
4
Яқып 1:4
Ҳеш бир кемшиликсиз, жетилискен ҳәм минсиз адамлар болыўыңыз ушын толық сабырлылық етиңлер.
Explore Яқып 1:4
5
Яқып 1:22
Сөзди тек тыңлаўшылар болып, өз-өзиңизди алдамаңлар, оны орынлаўшылар болыңлар.
Explore Яқып 1:22
6
Яқып 1:12
Сынаўға шыдаған адам бахытлы! Өйткени ол сынаўдан өткеннен соң, Қудайдың Өзин сүйетуғынларға ўәде еткен өмир тажын алады.
Explore Яқып 1:12
7
Яқып 1:17
Ҳәр қандай жақсы ҳәм минсиз сый жоқарыдан, нурлар Әкеси болған Қудайдан келеди. Онда ҳеш қандай өзгерис ямаса өзгериўши көлеңке жоқ.
Explore Яқып 1:17
8
Яқып 1:23-24
Егер ким де ким сөзди тыңлап, оны орынламаса, ол өз тәбийғый келбетин айнада көрген адамға уқсайды. Себеби ол өзин көрип болып, кетип қалады ҳәм қандай екенин дәрҳал умытады.
Explore Яқып 1:23-24
9
Яқып 1:27
Әкемиз Қудайдың алдында пәк ҳәм қәтесиз диншиллик бул – жетим-жесирлерге қыйын күнлеринде жәрдем етип, өзин дүньяның напәкликлеринен сақлаў.
Explore Яқып 1:27
10
Яқып 1:13-14
Азғырылыўға түскенде ҳеш ким: «Мен Қудай тәрепинен азғырылып атырман», – демесин. Себеби Қудай жаманлық пенен азғырыла алмайды ҳәм Оның Өзи де ҳеш кимди азғырмайды. Бирақ ҳәр ким өзиниң жаман қәлеўлерине берилип, алданып азғырылады.
Explore Яқып 1:13-14
11
Яқып 1:9
Төмен жасайтуғын туўысқан Қудайдың өзине берген мәртебеси менен мақтансын.
Explore Яқып 1:9
Home
Bible
Plans
Videos