Жер бетинде адамлар көбейе баслады. Олардан қызлар да туўылды. Иләҳий барлықлар адамлардың қызларының сулыў екенин көрип, өзлери унатқанларын ҳаяллыққа алды. Сонда Жаратқан Ийе: «Мениң Руўхым адамзатта мәңги қалмайды, өйткени олар бары-жоғы бир адам. Адамның өмири бир жүз жигирма жыл болады», – деди.
Иләҳий барлықлар адамлардың қызларына үйленип, балалы болған күнлерде ҳәм сол күнлерден кейин де жер жүзинде дәўлер бар еди. Олар әййемги заманның атақлы қаҳарманлары ҳәм атақлы адамлары болды.