1
Жаратылыс 42:21
Мухаддес Китап
Олар бир-бирине: «Шынында да, бизлер инимизге ислеген исимиз ушын жазаланып атырмыз. Ол бизлерге жалбарынғанда, оның қалай қыйналғанын көрсек те, оны тыңламадық. Сол себептен бизлердиң басымызға да усы қыйыншылық түсти», – дести.
Compare
Explore Жаратылыс 42:21
2
Жаратылыс 42:6
Юсуп Мысыр елиниң басшысы болып, елдеги пүткил халыққа ғәлле сататуғын еди. Сонда Юсуптиң ағалары келип, оның алдында маңлайлары жерге тийгенше ийилип, тәжим етти.
Explore Жаратылыс 42:6
3
Жаратылыс 42:7
Юсуп ағаларын көрип, оларды таныды. Бирақ өзин оларды танымайтуғындай қылып көрсетип, қатал сөйледи ҳәм олардан: – Қаяқтан келдиңлер? – деп сорады. Олар Юсупке: – Бизлер азық-аўқат сатып алыў ушын, Қанан жеринен келдик, – деп жуўап берди.
Explore Жаратылыс 42:7
Home
Bible
Plans
Videos