Уйқыдан оянған қамақхана хызметкери қамақхананың қапыларының ашық екенин көрди. Тутқынлар қашып кетти, деп ойлаған ол өзин өлтирмекши болып, қылышын суўырып алды. Бирақ Павел бәлент даўыс пенен бақырып:
– Өз жаныңа қастыянлық етпе, ҳәммемиз усы жердемиз, – деди.