Бас руўханийлер ақсақаллар менен жыйналысып кеңести де, әскерлерге көп ақша берип:
– «Түнде бизлер уйықлап атырғанымызда шәкиртлери келип, Оны урлап алып кетти», – деп айтыңлар. Егер бул хабар ҳәкимниң қулағына жетсе, бизлер оның менен келисип, сизлерди ҳәр қандай бәледен сақлап қаламыз, – деди.
Әскерлер ақшаны алып, олардың үйретиўи бойынша иследи. Ал усы сөз яҳудийлердиң арасында бүгинги күнге дейин кең тарқалған.