Ҳаял жасырына алмайтуғынын билип, қалтырап Ийсаның алдына келди де, Оның аяғына жығылды. Өзиниң қандай себеп пенен Оған қолын тийгизгенин ҳәм сол ўақытта-ақ қалай шыпа тапқанын пүткил халық алдында айтып берди.
Ийса оған:
– Қызым! Исенимиң сени қутқарды, тынышлық пенен бара бер, – деди.