1
Лука 6:38
Мухаддес Китап
Бериңлер, сонда сизлерге де бериледи. Басып, силкитип толтырылған, тасып төгилген мөлшер менен етеклериңизге салып бериледи. Сизлер қандай өлшем менен өлшеп берсеңлер, өзлериңизге де сондай өлшем менен өлшеп бериледи.
Параўнаць
Даследуйце Лука 6:38
2
Лука 6:45
Жақсы адам кеўлиндеги жақсы ғәзийнесинен жақсылық шығарады, ал жаман адам кеўлиндеги жаман ғәзийнесинен жаманлық шығарады. Адамның кеўли неге толып тасса, аўзынан сол шығады.
Даследуйце Лука 6:45
3
Лука 6:35
Бирақ сизлер душпанларыңызды сүйиңлер. Жақсылық қылып, ҳеш нәрсе дәметпей, қарыз бериңлер. Сонда сизлер үлкен сыйлық алып, Қудай Тааланың балалары боласызлар. Өйткени Ол жақсылықты билмейтуғынларға да, жаман адамларға да мийримли.
Даследуйце Лука 6:35
4
Лука 6:36
Солай етип, Әкеңиз мийрим-шәпәәтли болғаны сыяқлы, сизлер де мийрим-шәпәәтли болыңлар.
Даследуйце Лука 6:36
5
Лука 6:37
– Басқаларды ҳүким етпеңлер, сонда сизлер де ҳүким етилмейсиз. Айыпламаңлар, сонда сизлер де айыпланбайсыз. Кешириңлер, сонда сизлер де кеширилесиз.
Даследуйце Лука 6:37
6
Лука 6:27-28
– Бирақ, Мени тыңлап отырған сизлерге айтатуғыным: Душпанларыңызды сүйиңлер, Өзлериңизди жек көретуғынларға жақсылық ислеңлер. Сизлерди ғарғайтуғынларға жақсы тилек тилеңлер, Қапа қылатуғынлар ушын дуўа етиңлер.
Даследуйце Лука 6:27-28
7
Лука 6:31
Адамлардың өзлериңизге не ислеўин қәлесеңлер, Сизлер де оларға соны ислеңлер!
Даследуйце Лука 6:31
8
Лука 6:29-30
Бетиңниң бир жағына урғанға екинши бетиңди де тут. Шапаныңды тартып алғанға көйлегиңди де алыўға рухсат ет! Сеннен сораған ҳәр бир адамға бер, Сеникин алғаннан қайтарып бериўди талап қылма!
Даследуйце Лука 6:29-30
9
Лука 6:43
– Жаман мийўе беретуғын жақсы терек ҳәм жақсы мийўе беретуғын жаман терек жоқ.
Даследуйце Лука 6:43
10
Лука 6:44
Ҳәр бир терек мийўесинен билинеди: ҳеш ким шеңгелден әнжир жыйнамайды, тикенликтен жүзим термейди.
Даследуйце Лука 6:44
Стужка
Біблія
Пляны чытаньня
Відэа