Матта 10
10
Оныншы бап
Ийсаның он еки
шәкиртин таңлаўы
1Ийса он еки шәкиртин қасына шақырып алып, оларға жаўыз руўхларды қуўып шығарыўға ҳәм барлық аўырыўлар менен ҳәлсизликлерге шыпа бериўге бийлик берди.
2Он еки елшиниң атлары мынадай: Петр деп аталған Симон ҳәм оның иниси Андрей, Зебедейдиң баласы Яқып ҳәм оның иниси Юхан. 3Филип пенен Бартоломей, Томас пенен салықшы Матта, Алпейдиң баласы Яқып ҳәм Тадей. 4Ўатансүйер#10:4 Ямаса: кананлы. Симон ҳәм кейин Ийсаға сатқынлық ислеген Яҳуда Исқариот.
Шәкиртлерге берилген тапсырмалар
5Ийса усы он екисин жибергенде, оларға былай деп тапсырмалар берди:
– Басқа миллетлердиң жерлерине бармаңлар, самариялылардың қалаларына да кирмеңлер. 6Ал жоғалған қойлардай болған Израил халқына барыңлар. 7Баратырып, жол бойы: «Аспан Патшалығы жақынлады», – деп жәриялап жүриңлер. 8Аўырыўларға шыпа бериңлер, өлгенлерди тирилтиңлер, мақаў кесел болғанларды тазалаңлар, жинлерди қуўып шығарыңлар. Ешейин алдыңлар, ешейин бериңлер. 9Беллик қалталарыңызға алтын, гүмис ҳәм мыс теңгелер салып жүрмеңлер. 10Жолға дорба да, аўысық кийим де, аяқ кийим де, таяқ та алмаңлар. Себеби мийнет етиўши өз нанын табады.
11Сизлер қайсы қалаға ямаса аўылға кирсеңлер де, сол жерде кимниң ылайықлы екенин излеп табыңлар да, кеткенше сол адамның үйинде турыңлар. 12Оның үйине киргениңизде, аманлық тилеп сәлем бериңлер. 13Үй ылайықлы болса, тилеген аманлығыңыз сол үйге орнайды, ылайықлы болмаса, тилеген аманлығыңыз өзлериңизге қайтады. 14Егер сизлерди биреў қабыл алмаса ҳәм сөзлериңизге қулақ аспаса, сол үйден ямаса қаладан шығып баратырып, аяқларыңыздағы шаңды қағып кетиңлер. 15Сизлерге шынын айтып турман: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Содом менен Гомораның аўҳалы сол қаланың аўҳалынан жеңилирек болады.
Келешектеги қуўдаланыўлар
16– Мине, Мен сизлерди қойларды қасқырлардың арасына жибергендей жиберип атырман. Сонлықтан жыландай ақыллы, кептердей ақ кеўил болыңлар. 17Адамлардан сақ болыңлар, олар сизлерди ҳүким етиўшилерге услап береди, мәжилисханаларында қамшылап сабайды. 18Мен себепли сизлер ҳәкимлер ҳәм патшалардың алдыларына апарыласызлар. Усылайынша сизлер оларға ҳәм басқа миллетлерге Мен туўралы гүўалық бересизлер. 19Сизлерди услап берген ўақытта қалай ямаса не айтыў ҳаққында қайғырмаңлар: өйткени айтатуғын сөзлериңиз сол ўақытта сизлерге бериледи. 20Себеби сизлер емес, ал сизлер арқалы Әкеңиздиң Мухаддес Руўхы сөйлейди.
21Туўысқаны туўысқанын, әкеси баласын өлимге услап береди. Балалары да ата-аналарына қарсы шығып, оларды өлтиртеди. 22Мениң атым себепли, сизлерди ҳәмме жек көреди. Бирақ ақырына дейин шыдаған қутқарылады. 23Сизлерди бир қалада қуўдаласа, екинши қалаға қашыңлар. Сизлерге шынын айтып турман: сизлер Израил елиниң қалаларын аралап болмай-ақ, Адам Улы жетип келеди.
24Шәкирт устазынан, хызметши хожасынан уллы емес. 25Шәкирт устазы сыяқлы болса, хызметши де хожасы сыяқлы болса, оларға жеткиликли. Адамлар үй ийесин Белзебүл-шайтан деп атаған болса, оның үй-ишине оннан да жаманырақ ат тақпай ма?!
Кимнен қорқыў керек?
26– Солай етип, олардан қорқпаңлар. Өйткени ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, билинбейтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ. 27Мениң сизлерге қараңғыда айтып турғанымды сизлер жарықта айтыңлар. Қулақларыңызға сыбырлап айтылғанды үй төбесинен жәриялаңлар. 28Денени өлтирсе де, жанды өлтире алмайтуғынлардан қорқпаңлар. Ал жанды да, денени де дозақта жоқ қыла алатуғын Қудайдан қорқыңлар. 29Еки шымшық бир тийинға сатылмай ма? Бирақ олардың биреўи де Әкеңиздиң ерки болмаса жерге қулап түспейди. 30Басларыңыздағы шашлардың бәри де Қудайға санаўлы. 31Сонлықтан қорқпаңлар: көп шымшықлардан сизлер қымбатлырақсызлар-ғо.
32Солай етип, ким де ким Мени адамлар алдында тән алса, Мен де оны аспандағы Әкемниң алдында тән аламан. 33Ал ким де ким Мени адамлар алдында тән алмаса, Мен де оны аспандағы Әкемниң алдында тән алмайман.
Ийса ушын болатуғын
айырылысыўлар
34– Мени жер жүзине татыўлық әкелген, деп ойламаңлар. Мен татыўлық емес, қылыш бериўге келдим. 35Себеби Мен улын әкесине, қызын анасына, келинин қәйин енесине қарсы етип, айырыўға келдим. 36Адамның душпанлары өзиниң үй-иши болады#10:35-36 Михей 7:6..
37Ким де ким Меннен артық әкесин ямаса анасын сүйсе, ол Маған ылайықлы емес. Ким де ким Меннен артық улын ямаса қызын сүйсе, ол Маған ылайықлы емес. 38Ким де ким өз атанақ ағашын арқалап Мениң изиме ермесе, ол Маған ылайықлы емес. 39Өз жанын сақлап жүрген адам оны жоғалтады, ал жанын Мен ушын жоғалтқан адам оны сақлап қалады.
Қабыл алыў ҳәм сыйлық
40– Ким де ким сизлерди қабыл алса, оның Мени қабыл алғаны болады, ким де ким Мени қабыл алса, оның Мени Жибергенди қабыл алғаны болады. 41Ким де ким пайғамбарды пайғамбар болғаны ушын қабыл алса, ол пайғамбар алатуғын сыйлықты алады. Ким де ким ҳақ адамды ҳақ болғаны ушын қабыл алса, ол ҳақ адам алатуғын сыйлықты алады. 42Мен сизлерге шынын айтып турман: ким де ким усылардың ишиндеги ең қарапайымына шәкиртлеримниң бири болғаны ушын тек бир кесе суўық суў ишкизсе де, ол сыйсыз қалмайды.
Currently Selected:
Матта 10: KrkNT
ማድመቅ
Share
Copy
ያደመቋቸው ምንባቦች በሁሉም መሣሪያዎችዎ ላይ እንዲቀመጡ ይፈልጋሉ? ይመዝገቡ ወይም ይግቡ
© Библия аўдарыў институты, 2004