1
Матта 9:37-38
Жаңа Келисим
Сонда Ол шәкиртлерине: – Орылатуғын егин көп, бирақ жумысшылар аз. Сонлықтан зүрәәттиң ийеси болған Ийемизден Өзиниң атызына егинди оратуғын жумысшылар жибериўин дуўа етип сораңлар, – деди.
አወዳድር
{{ጥቅስ}} ያስሱ
2
Матта 9:13
Сизлер барып: «Мен қурбанлық емес, ал мийрим-шәпәәт тилеймен», – деген сөзлердиң мәнисин билип алыңлар. Себеби Мен ҳақ адамларды емес, ал гүнакарларды шақырыў ушын келдим, – деди.
3
Матта 9:36
Ол көп халықты көрип, оларға жаны ашыды, өйткени олар шопансыз қойларға уқсап қыйналған ҳәм пытыраңқы еди.
4
Матта 9:12
Буны еситкен Ийса оларға: – Шыпакерге дени саўлар емес, ал аўырыўлар мүтәж.
5
Матта 9:35
Соннан соң, Ийса барлық қала ҳәм аўылларды аралап жүрди. Яҳудийлердиң мәжилисханаларында тәлим берди ҳәм Аспан Патшалығы туўралы Хош Хабарды жәриялап, барлық аўырыўларға ҳәм ҳәмме ҳәлсиз адамларға шыпа берди.
Home
Bible
Plans
Videos